02 февраля 2014

Ярамазанды бизнеске айландырмайық.


                                                     
           Өз тарыйхын   билмейтуғын, кешеги  күнин умытқан миллеттиң  келешеги жоқ.      
                                И.Каримов.


Ҳәр қандай елдиң миллеттиң миллий мәденияты тарыйхы, салт-дәстүрлери сол халықтың басқа халықлардан миллий озгешелигин белгилейди. Сондай-ақ, халықлардың терең тамырларға барып тақалатуғын әдебият деп аталған айнасыда  миллеттиң ҳақыйқый келбетин, дәстүрлерин ҳәттеки халықтың минез қулқында қөрсетип бере алады. Сонлықтанда өзбек әдебиятының қөрнекли ўәкили Шолпан “Әдебият жасаса миллетте жасайды” деген даналық гәпти айтып өткен.
      Бизиң қарақалпақ әдебияты мине нешше мың жыллардан берли әсирден-әсирге әўладдан-әўладқа жетип раўажланып келмекте. Ең әййемги дәўирлерден бизге шекем жетип келген сөз ғазийнеси саналған фолклорымызда қарақалпақ әдебияиында тутқан орны айрықша. Қ.Мақсетовтың 1996-жыл шыққан  “Қарақалпақ халқының қөркем аўызеки дөретпелери” атлы мийнетинде фолклорымыздың бир нешше түрлерге бөлиниўин үйренип шыққанымызда әсиресе балалар ушын фолклордың әҳмийети үлкен екенлигин сезиниўимизге болады. Себеби  қосықлар,  жумбақ жаңылтпаш нақыл-мақаллар ҳәм ертек әпсаналар балалардың руўхый дүнясының кеңейиўынде сонай-ақ  пикирлеў дәрежесиниң жоқары болыўына түртки болары анық. 
    Усындай мийрасларымыздың бири бүгинги күнге шекем жетип келген “Ярамазан” қосығы.  Әдебиятларда келтирилип өткениндей ярамазан тийкарынан ислам дини мәрәсимлерине арналған диний қосық. Оның түп мақсети мусылманлар байрамы “Қурбан ҳайт ” ҳүрметине ислам дининиң шәртлерин нәсиятлаўшы ҳәм пайғамбарларды мақтаўға арналған.
         Бул  қосық ҳәр дәўырге сай түрде өзгерип айтылған. Деген менен оның тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары жоқарыда келтирип өткенимиздей ислам дини шәртлерин түсиндириў сол тийкарда шаңарақларға тилеклер айтып, ҳүрмет иззет қөрсетиў  есапланады.  Мәселен,

                 Ярамазан айта келдим есигиңе,
                 Қошқардай ул берсин бесигиңе,
                 Тағысын тағы берсин несийбеңе,
                 Муҳаммед үмметиңе ярамазан.

Бүгинги дәўиримизге келипте ярамазан кишкене балаларымыз тәрепинен ҳәр жылы белгиленетуғын Ораза ҳайт” “Қурбан ҳайтбайрамларында шаңарақларға айтылып келмекте.
    Бирақ олардың айтқан қатарларына итибар менен қулақ түрсек оның түп мазмуны жоғалып кеткендей сезиледи яғный динди мусылманшылықты, пайғамбарларды нәсиятлаўшы сөзлерди ушыратпаймыз.
 “Заманагөй ярамазан” лардың мазмунын балалардың өзлериде тўсинбейтуғын биймәни тўсиниксиз сөзлер қурайды.
  Ҳақыйқаты олардың тийкарғы мақсети сол шаңараққа тилек билдириў яки динди ҳүрмет етиү емес керисинше  бир еки аўыз сөз қурап  “заманагөй ярамазан” арқалы пул табыў. Мәселен,
      
                     Ақ ақ ақтан келдим,
                     Шымбайский жақтан келдим,
                     Ақша берсең үйип бер ,
                     Тийин берсең түйип бер,
                     Ақша берсе ярамазан.

    Сондай-ақ, ярамазанды таң азаннан баслап айтып келиўиде надурыс.  Өйткени кеш қурын айтылыўы ҳәм дус келген үйлерге айтпастан тийкарынан дайы тәреплерге ҳәм қурдаслары үйлерине айтылыўы керек екен.
    Ярамазанның және бир шәрти сыйлық бериў. Сыйлық ҳәр бир айтыўшыға бериле берместен оның сөзине мәнис мазмунына қарай берилген.
Биз егерде ҳәзиргидей мәниссиз ярамазан айтыўшыларға кеўлиң толмай сыйлық бермесең
                             Асың асың асыңа
                           “бомбы” түссин басыңа
Усы сыйақлы кеўилсиз гәплерди айтатуғынларында ушыратамыз.
 Бул қандай тилек ҳәм ҳүрмет иззет,???

   Ал базыда кишкене балалардың кеўлин шөктирмеў мақсетинде сыйлық
берсең олар тилек билдириў қатарларында билмейди. Ең аянышлысы алған
пулға таласып ҳәттеки мушласып атырғанларғада гуўасы боламыз.
   Биз бундай жағдайларға итибарсызлық пенен майда машқала сыпатында қарамаўымыз керек.
    Өсип киятырған жас әўдәдларға өтмиш тарыйхимизды, фолклорымыздың  тарбиялық  әҳмийетин түсиндириў ислерин ата-аналар мектеп тәлим тәрбия орайлары пүткил жәмәәтшилик еледе жеделлестирип итибар иенен алып барсақ мақсетке муўапық болар еди.
   Призидентимиз “Жоқары мәнаўият жеңилмес қүш” атлы  мийнетинде келтирип өткениндей “Биз халқымиздың дүняда ҳеш кимнен кем  болмаўы , перзентлеримиздиң бизденде қөре күшли билимли, дана ҳәм әлбетте бахытлы болып жасаўы ушын бул бойынша руўхый тәрбия мәселеси ҳеш гүмансыз теңи жоқ әҳмийетке ийе болады. Егер биз бул мәселеде сергеклик ҳәм сезгирлигимизди, табанлылығымыз ҳәм жуўапкершилигимизди жоғалтсақ бул оғада әҳмийетли жумысты өз ҳалына таслап қойатуғын болсақ муққаддесқәдирятларымызға суўғарылған ҳәм олардан азықланған рўўқый дүнямыздан тарыйхый өтмишимизден айрылып, ақыр ақыбетинде өзимиз умтылған улыўма инсаный раўажланыў жолынан шетке шығып қалыўымыз мўмкин.  
  Демек, ата-бабаларымыздан бизге шекемжетип келген салт дәстүр жырларымызды фолклорлық шығармаларымыздың тийкарғы идея ҳәм мазмунын келешек әўладқа тәрбийалық тийкардағы  баҳалы байлығымыз сыпатында сап қәлпинде жеткерейик.
Мәнәўиятты қалиплестирийде тийкарғы күш әдебиятты тарыйхты үйрениўден басланады.                     

Nurjanova Xurliman
QDU Qoraqalpoq filologiyasi fakulteti, jurnalistika talim yonalishi talabasi.
«Yosh jurnalistlar klubi» treneri
Manba: parvoz.blogspot.com
  


Комментариев нет: