Жүзиңизден меҳир нуры төгилер,
Сиз күлсеңиз бағда ашылар гүллер.
Аспанымнан илҳам суўы тамшылар,
Жүрегиме жақын болған жақсылар.
Сиз дегенде шадлык, йошым кернейди,
Дәрьялардың суўы толып липлейди,
Жас кеўлимди қәтержамлық бийлейди,
Жүрегиме жақын болған жақсылар.
Бийтап болсам хабар алар қайғырып,
Қыйын демде жәрдем берер жуўырып,
Керек болса канын болисер, келип,
Жүрегиме жақын болған жақсылар.
Биреўлери бағ дөретип әжайып,
Мийуесин бизлерге калдырган, жыйып,
Жакты жулдыз, жаксы атка ылайык,
Жүрегиме жақын болған жақсылар.
Биреўлери маған ҳәрип оқытты,
Биреўи дос болып қолымнан тутты,
Барлығы йош берип, қосық тоқытты,
Жүрегиме жақын болған жақсылар.
O’teniyazova Gulzada
QDu Jurnalistika ta’lim yo’nalishi 3-kurs talabasi
«Yosh jurnalistlar Klubi» a’zosi
Manba: parvoz.blogspot.com
Комментариев нет:
Отправить комментарий