Жыл артынан жыллар дизилип,
Шынжырланған күнлер өтеди,
Кетпектесең қалбден үзилип,
Мени жаңа өмир күтеди.
Шаңарағым босағасында,
Сениң айдай елеслериң бар,
«Қаттыағар»дың кең жағасында,
Гүллер питкен жүрислериң бар.
Анажаным аппақ көксинде,
Еркелеген күнлериң қайда?
Қуўанысып апа-сиңлилер,
Апақ-шапақ күлгениң қайда?
Миннетдарман сендеги алған,
Таза-таза нәпесим ушын,
Шийрин түс болып ядымда қалған,
Аппақ-аппақ елесиң ушын.
Миннетдарман сеннен, Балалық,
Кеўлимди ҳақ еткениң ушын,
Қапалыман сеннен, Балалық,
Мени таслап кеткениң ушын.
QDU Jurnalistika ta’lim yo’nalishi 2-kurs talabasi
«Yosh jurnalistlar Klubi» a’zosi
Manba: parvoz.blogspot.com
Комментариев нет:
Отправить комментарий