Nurjanova Xurliman
QDU Qoraqalpoq filologiyasi fakulteti, jurnalistika ta’lim yo’nalishi 3-kurs talabasi.
«Yosh jurnalistlar klubi» treneri
Жаксы кызга жаман кыз,
Топлау менен тен болар,
Жаксы кызга жаман кыз,
Багы менен тен болар.
(Нақыл)
1 . Кыз бала қандай ўакытта ел халқынын гүли бола алады?”
Халқымызда қызларды жер бетине өзгеше сән бериўши гүллерге мегзейди. Сонлыктанда “Гул өссе жердин, кыз өссе елдин корки ”-деп бийкар айтылмаған Яғный олар өз ийбелиги шеберлиги таланты, әдеп-икрамы билими менен өз журтының аброй мәртебесин тек ғана жақсы ислери менен қорғай алса ғана, елиниң гүли бола алады. Жәмийетимизде мине усындай жақсы пазийлетлери менен үлги болатын ҳайал қызларымыздың белсендилиги артпакта. Олар маденият ,илим спорт хам басқада тарауларда оз талант шеберликлерин қөрсетипекте.
2. Бес бармақ бирдей ме? Лекин……. “Бес бармақ бирдей емес” дегениндей олар сөйлеў мәденияты тәрбиялығы менен бир-биринен парқ кылады. Биз турмыста харкыйлы инсанларға дус келемиз. Кала кошелерде ҳәттеки жамийетлик орынларда сондай кызларға гезлесемиз оларда қыз балаға тән ийбеликтиң жоғалганын сеземиз. Жолларда бакырып сойлеўлери, жаргон созлерди айтып озин тутыўлары хаттеки харкыйлы кеўил ашар орынларда (кафе ресторан)олкогол ишимликлер ишип мәс халда журген кызларга карап хакийкаты жеркениш сезими пайда болары анык.
3. Жуўырып жүрип суўретке түсиў шәрт пе? . Усыны да айтып отиў лазым бүгинги эстрада жулдызлары тәрепинен өткерилип атырған концерт бағдарламаларда “заманагой кызларымыз” эстрада жулдызлары саҳнада қосық айтып атырған ўақытта излеринен жуўырып жүрип суўретлерге тусип, касына барып ҳәттеки қорықшыларды да тыңламастан унамсыз түрде ойнап атырғанын қөрип «танланасан!».
4 «Кане бизин халкымыз кызларына тан ийбелик адеп-икрамлылык? Жоқарыда айтып өткенимиздей «Бес бармак бирдей емес» болмағаны менен булар бәри бир алақанда жайласкан. Cолай екен әлбетте булар бир-бирине тәсир етпей қалмайды. Пайтахтымызда откерилип атырған жеке концертлердиң биринде жас қосықшы жигитке таласып урысып қопалырақ қылып айтканда төбелесип атырған кызларымызды қөрип усындай сораўлар пайда болады.
Биз бул пикирлеримиз бенен барлық қызларды айыпламақшы емеспиз дурыс олар сол қосықшыларымыздың ықласбентлери болыўы мумкин деген менен жамийетлик орынларда өзин тута алмай унамсыз харекетлер ислеп төбелесиўлер бул мәдениятсызлықтан дерек береди.
Пикирим жуўмағында сол нәрсени айтып өтким келеди ягный Тумарис, Қырық қыз урпақлары дегенде бәрше халықлардың қөз алдына тәрбиялы ақыллы өнерли мәрт ҳәм әлбетте мәдениятлы қызларымызды келтирсин!
Буның ушын ҳәр биримиз тек ғана жаксы тәреплеримиз бенен ғана үлги болайық әзиз заманласлар!
5 Сиз не дейсиз??? …
Manba: parvoz.blogspot.com
Комментариев нет:
Отправить комментарий